Баспаларға электрон буйыртпа бериў хизмети
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайының Баспаларға электрон буйыртпа бериў хизмети мәлимлеме-китапхана орайы фондындағы әдебиятлар ҳәм баспалардан фрагментлериниң электрон түрдеги даналары берилиўи ушын буйыртпалар қабыл етеди. Буйыртпалар 1-3 жумыс куни даўамында әмелге асырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайынан алынған электрон ҳүжжетлерди сатып алыў мақсетинде ислеп шығарыў, көбейтиў ҳәм тарқатыў қадаған етиледи. Ҳүжжетлер толық түринде емес, тек 15 пайызы бериледи. Себеби Авторлық ҳуқықы қорғалынады.
Буйыртпаны рәсмийлестириў тәртиби
Бунда Сиз анық ҳүжжетти (мақала, китаптың бөлимлери яки бети) сканерлеў ушын буйыртпаны рәсмийлестириўиңиз мумкин. Егерде Сизде мәлим бир тема бойынша әдебиятлар дизими керек болса, библиографлар хизметине мурәжат етиң.
Буйыртпаны рәсмийлестириў ушын:буйыртпашы толық Фамилиясы, Аты, Әкесиниң аты, e-mail, телефон номери, мәнзили көрсетилиўи шәрт.
Биздиң вебсайтымыздағы Интерактив хизметлер Kutubxonachi Online, Savol bering арқалы сораўларыңызды берсеңиз болады
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме-китапхана орайы электрон почта адреси:
nukus_akm@inbox.uz
|