Сейфулғабит Мажитов белгили
қарақалпақ шайыры, жазыўшы, драматург ҳәм
ағартыўшы сыпатында кеңнен белгили. Ол өз
дәўириниң саўатлы дөретиўшилик ийеси сыпатында көркем
әдебияттың үш түри (поэзия, проза, драматургия) бойынша
да қәлем тербетти. «Сүйин ҳәм Сара»,
«Қулмурат», «Онтоғыз» романларын (қол жазба түринде),
«Соңғы селтең», «Ерназар алакөз», «Айгүл
ҳәм Тайман», «Жигит болдық», «Сабақ»,
«Бағдагүл» пъесаларын дөретти. Ол 1924-1925жыллары ол
Қ.Әўезов пенен бирликте қарақалпақ тилиндеги
шыққан «Әлипбе», «Оқыў китабы», «Егеделер саўаты»
китапларының авторы болды. 1928-жылы баспадан шыққан
«Қарақалпақ әдебияты топламы»нда С.Мажитов
тәрепинен жыйнап алынған 120ға жақын
нақыл-мақаллар орын алды.
С.Мажитовтың
қарақалпақ әдебиятындағы орнын
белгилейтуғын шығармалары тийкарынан поэзиялық
шығармалары болып есапланады. Ол еле 20-жылларға шекем-ақ
шайыр болып қәлиплескен еди. Бирақ шайырдың
революциядан бурынғы жазған қосықлары өз
ўақтында баспадан шықпаған ҳәм жоғалып
кеткен. Ол революциядан кейин-ақ оның сиясатын мақуллап
жаңа жәмийетке масласып кеткен санаўлы шайырлардың бири
болды. 1918-1920-жыллары-ақ «Еркинлик таңы», «Ильяның улы»
қосықларын жазды. Бул шығармаларында Октябрь
революциясының халқымыз турмысындағы әҳмийети
ҳаққында жырлайды. С.Мажитов ҳәмме орыс
әдебиятына еликлеп атырған сол 20-жыллардың
өзинде-ақ Шығыс әдебияты дәстүринде, атап
айтканда мухаммес формасында бир неше қосықлар жазды. Мәселен,
оның «25-октябрь» қосығы усындай формада жазылды. Ол улыўма
прогрессив көз қарастағы шайыр еди. Революциядан сәл
алдын жазған «Иният болысқа» деген қосығында
илим-билимди пропагандалайды, Иният болысқа халықты
саўатландырыўдың әҳмийетли екенлигин ескертеди.
Шымбайдың
жери кең, суўы пәраўан,
Лекин билимнен жоқ ҳеш наму-нышан,
Жыйырма мың үй, жүз жийирма мың жан,
Бир мектеп жоқ оқып сабақ алмаға.
Гедей елди туўры жолға салмаса,
Оқыў оқып билим-өнер алмаса,
Орысшаға тағы қысса қылмаса,
Имканы жоқ бир қатарда турмаға.
Шайыр
буннан кейинирек жазған «Оқыўға кел» қосығында да
усы идеясын даўам еттиреди. Тек билимли жаслар менен ғана елдиң
келешеги жарқын болады деген пикирди алға таслайды. «Айтып жибер»,
«Қарақалпақ жасларына», «Қызларға»
ҳәм тағы баска қосықларында да шайыр
билимлендириў, мәденият,үрп-әдет, дәстүрлерди
қәстерлеў керек деген идеяны алға сүреди.
Усы
дәўирдеги ең көрнекли драматурглердиң бири
Сейфулғабит Мажитов (1869-1938) болды. Ол соның менен бирге белгили
шайыр, прозаик, ағартыўшы ҳәм аўдармашы еди. 1925-жылы
дәслепки қарақалпак әлипбесин дүзиўге
қатнасты. Ол талантлы аўдармашы сыпатында И.А.Крыловтың
ҳәм басқа да орыс шайырларының бир қатар
тымсалларын, Интернационалды, Фердаусидиң «Шахнама» дәстанын
аўдарды. Оның поэзиялық ҳәм прозалық
шығармалары да ХХ әсирдиң дәслепки 40
жыллығындағы қарақалпақ әдебиятының
раўажланыўына тиккелей тәсир жасады. С.Мажитовтың
дөретиўшилигинде драматургия тийкарғы орынды ийелейди. «Сабақ»,
«Жигит болдық», «Соңғы селтең», «Гүлим-Тайман»
«Ерназар Алакөз», «Бағдагүл» пъесалары тек ғана
автордың дөретиўшилигинде емес, улыўма қарақалпақ
драматургиясында белгили шығармалардан есапланады.
|